Ривка
Сәтсиз Тигис
Сара!
Ҳаў, әке.
Сен мени сол ҳаялға апарыўың керек.
Сен ким туўралы айтып атырсаң? әке, қандай ҳаял?
Жане Ривка.
Сен ол жаққа барып не қыласаң, аға?
Мен оның ахмақ күйеўи менен сөйлесиўим керек.
Мына қудайсыз адамды деп улым қамалды.
Әке,
билесең ғо, римлилер Даўытты бир неше ай изледи.
Өткен түн қорқынышлы болды,
бирақ әке, Даўыт нызамды бузды.
Ҳәммемиз буны билемиз.
Сонда римлилер оны қай жерден излеў кереклигин қаяқтан билген?
Мениң менен тартыспа!
Мени оған апар.
Озим апараман, аға.
Келиң.
Муўса,
Аюп, хош келдиңиз.
Келиң.
Дебра, қонақлар ушын суў әкел.
Отыр, аға.
Рахмет.
Сизлерде Даўыт туўралы жаңалық бар ма?
Бизлерде жаңалықлар жоқ.
Мен бул үйден жемеймен де, ишпеймен де.
Харун қәне? Күйеўиң қәне?
Ол жоқ.
Ол ерте азанда ҳүкимдарға кетти.
Не, және бир шағым ба?
Ҳаў, не айтпақшы екениңди түсинбедим!
Сен бизиң тойымызда болдың-ғо? Ақырына дейин қалдың, солай ма?
Илтимас аға!
Үниңди өшир!
Биз Даўыттың қамаққа алынғанына қайғырып отырмыз.
Харун бул исти шешиў мүмкиншилигин қарастырып атыр.
Ақылсыз ҳаял.
Ол ҳәммесин шешти.
Римлилер улымды қай жерден излеў кереклигин қаяқтан билген?
Кеше кеште үй-ушиң қай жерде екенин пүткил қала билетуғын еди.
Ҳәммеси мәлим еди.
Римлилерге шағымшы керек емес еди.
Сен мениң менен булай сөйлесиўге
ҳәм күйеўим туўралы да булай деўге ҳақың жоқ.
Саған ҳәм сатқын күйеўиңе нәлет жаўсын!
Аға!
Маған нәлет айтып атырсаң ба?
Уй-ишиңе ислегенлеримнен кейин бе?
Маған ҳәм үй-ишиме
бахытсызлықтан басқа ҳеш нәрсе әкелмедиң!
Ривка апа, кеширерсиз. Мен оны әкелмеўим керек еди.
Мени сенсиз журе алмайтуғын соншелли ҳәлсиз деп ойлайсаң ба?
Солай ма, а? Солай ма?
Сен ҳәм күйеўиң өзлериңизди ҳәммеден жақсы деп ойлайсыз ба?
Ақшаңыз сизлерге усындай ҳуқық береди деп ойлайсыз ба?
Сизлер – биз ушын масқарашылықсыз. Масқарашылық!
Сен өзиңди масқара қылып атырсаң, Муўса.
Өзиңниң ақылсыз нәлетлериң менен!
Ханым.
Ханым.
Сизге және қонақ келип тур.
Ол ким, Дебра?
Жесир ҳаял Нора.
Яқшы,
оны мирәт ет,
яқшы ма?
Сен өзиңе уқсамайсаң.
Не болып қалды?
Мен дәрўаза алдында Муўса ҳәм Аюпты көрдим.
Олар, ҳәтте, мениң менен сәлемлеспеди.
О, Нора.
Мен...
мен сондай уялып турман, ҳәтте, бул туўралы айтқым да келмейди.
Яқшы, ҳеш гәп. Маған айт, не болып қалды?
Минекей, тигис жыртылып кетти.
Бул Сараның баласы ушын.
Тоқта, қайтадан исле, болмаса бузып аласаң.
Араңызда не болып қалды?
Муўса...
Даўыттың қолға алынғаны себепли
өзин услай алмай, мен ҳәм күйеўим туўралы жаман гәплерди айтты.
Кейин мен де өзимди услай алмадым.
Мен ондай қылмаўым керек еди.
Әлбетте, ҳәмме қапа. Өзиңди қатал ҳүким етпе.
Мен оған ашыўланбақшы едим.
Оған қопаллық ҳәм жек көриўшилик пенен жуўап бермекши едим.
Солай иследим де.
Муўса Даўытты Харун себепли қолға алды деп, Харунды айыплап атыр.
Ол ҳаялы ҳәм қызлары Масихқа исенгени себепли мени де айыплады.
Буны дүзете алмайман!
Ҳәзирше қойып тур.
Бирақ Ривка,
мен усындай жағдайда болғанымда, сениң не айтатуғыныңды билемен.
Не айтар едим?
Сен оны кешириўди айтқан болар едиң.
Аўа, солай деп ойлайман.
Бул сәтсиз тигис сыяқлы.
Егер сен жағдайға қайтып, Муўсаны кеширмесең,
сениң ызаңның жыртығы үлкейип бара береди.
Ол сениң жүрегиңдеги Қудайдың тынышлығын бузады.
Ашыў ҳәм ызаға бир минутыңды да сарплама.
Өзиниң аты себепли бизлерди жек көретуғынлар туўралы
Ийсаның сөзлерин айтып бергениң есиңде ме?
Егер сени Масих себепли қуўдалап атырған болса,
сен жақсы адамлар қатарындасаң.
Сен ҳақсаң.
Бирақ гейде буны ислеў соншелли қыйын.
Сен оннан да көбирегин айтқан едиң.
Ийса, ҳәтте, егер бизлер туўралы жақсы сөзлер айтылса,
буның жаман екенин айтқан еди.
Мен бул сөзлерден аң-таң болып қалдым.
Дәслеп олар маған ақылсыздай болып көринди.
Әлбетте.
Мен Муўса ушын дуўа етиўим
ҳәм жарылқаў усылын табыўым керек.
Аўа.
Рахмет, Нора.
Мен өмирге, адамларға ҳәм Муўсаға ески әдетим арқалы
қараўға жол қойдым.
Ол ушын ҳәзир дуўа етип, оны кеширип жиберсең қалай болады?
Әке,
Муўсаға ашыўланғаным ушын кешир.
Мен оны Сениң атың менен жарылқайман.
Оған мийрим сыйлай гөр.
Оған Өз сүйиспеншилигиң менен ашыла гөр, Ийем.
Соқырлығына шыпа бере гөр.
О, Ийем,
мен ҳәм күйеўим туўралы айтқан ҳәр бир сөзи ушын, оны кеширемен.
Оны жаман сөз айтқаны,
ҳәм хорлағаны
уялтырғаны ушын кеширемен.
Жанымды аўыртып сөйлегени ушын кеширемен.
Саған миннетдарман,
оны кеширип,
Сеннен өзиме кеширим қабыл етемен.
Ийем, рахмет!
Қудайға алғыс, Ийеме алғыс.
Рахмет саған, әзийзим.
Рахмет.
Сен маған Ийемизге ерўиде шын жүректен жәрдем берип атырсаң.
Енди...
мен Муўсаға барып,
өзимди услай алмағаным ушын оннан кеширим сораўға таярман.
Бул даналық деп ойлайсаң ба, Ривка?
Мүмкин, ҳәзир буны қойып турыў керек шығар. Ол еле ашыўлы-ғо.
Яқ.
Мен наҳақ едим.
Мен бул исте өзиме жуўап беремен.
Неге екенин билмеймен. Мен тек миннетли екенимди сеземен.
Онда мен сениң менен бирге бараман.
Ҳеш болмаса сен ушын дуўа етемен.
Не болып қалды? Әкем соншелли ашыўлы.
Ол қәҳәрли,
қатты урысып қалды.
Мен қапа болдым.
Сизлер кеткенен соң, апам қапа болды. Ол ҳәзир уйықлап атыр.
Жас жубайлар!
Кириң!
Яқып жаңа қамақханадан келди.
Ол қалай екен?
Апам қалай?
Бүгин аўҳалы бираз аўыр.
О, Сара.
Қандай жәрдем керек?
Оны қатты урып таслаған. Бирақ ол беккем тур.
Ҳүкимет не дейди?
Римге қарсы қозғалаң ушын.
Оған Қудай жәрдем берсин.
Бул ушын оны өлтиреди.
Даўыт ҳеш нәрседен үмит етпейди.
Өлетуғынын биледи.
Ата-анасы қалай қабыл етти?
Жүдә жаман.
Оның әкеси
өзин жойтып қойды.
Ал анасы...
Апа.
Саған не керек? Қандай жәрдем?
Мен...
мен билмеймен, қызым.
Мен сондай ҳәлсизбен.
Ҳәлсиз.
Дем ал.
Әкең қәне, әкең?
Ол сыртқы бөлмеде. Ол жайында. Тек тынышлан.
Нора апа.
Ривка апа!
Сәлем, Аюп.
Мен сизди тез көремен деп ойлаған жоқ едим.
Мен билемен.
Мен болған нәрсеге пушайманман.
Ол жерде ким бар, Аюп?
Бул кимниң даўысы?
Бул...ҳм...
Ривка апа менен Нора апа ғо.
Не?
О, бул не бәле?
Оларға бул жерде не керек екен?
Мен кеширим сораў ушын келдим, Муўса.
Мен азанда қызып кетиппен,
усыған пушайманман.
О Қудайым...Жәрдем бериң!
Апа.
Яқып, Аюп! Аға, жәрдем бериң!
Апа? Апа!
Яқ!
Апа, яқ, қайт! Қайт! Апа! Сен маған керексең!
Лейла!
Қудайым ай, яқ, яқ.
Фильмниң усы бөлегиндеги, өзиңизге ең қызық болып көринген қаҳарманлар арасындағы қарым-қатнасларды сүўретлеп бериң.
Не ушын өкпе-гийне, бузылған тигис пенен салыстырылады?
Өкпе-гийне ҳәм ғәзепти ақлаўға бола ма? Не ушын аўа, не ушын яқ?
Биз Масихтың избасарлары сыпатында өлимниң ҳақыйқый екенлиги менен дус келемиз бе?
Сиз биреўге өкпелеп болып, шешилмеген машқалаңыз бар ма?